⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӨРСЕТПЕ

Қарақалпақша

ат. 1. Жол-жоба, силтеў, бағдар. Ол жаңа ғана редколлегия ағзаларына көрсетпе берип кетип еди (Т.Қайыпбергенов). 2. Тапсырма. Сизлерге еш ким жоғарыдан келип, бурынғыдай көрсетпе бере алмайды (М.Нызанов). Оның даўысын көтериңкирегени артында турған Сыртқы ийелер коллегиясының баслығы хызметкерине «сен де түсин», деген мәниде көрсетпе еди (Т.Қайыпбергенов). 3. Жынаятлы ис бойынша түсиник бериў. Олардың бәри жәбирленўшини Бекбийке емес, оның ери Айтбай деп көрсетпе берди (Ө.Айжанов)