КӨПШИЛИК
Қарақалпақша
ат. 1. Көп, аламан, халық, журт, ел, пуқара, журтшылық.
Оның үстине көпшиликти жайластыраман деп сөйлеп жағының талғаны қайда қалды (Қ.Айымбетов).
Көрди оны сапта турған халайық, Исиңизди көпшиликке салайық («Мәспатша»).
2. Көп нәрселер.
Өйткени, көпшилик очерклер ҳәзирги турмыстың жақсы жақларын сүўреттеп көрсетеди (Г.Есемуратов).