⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӨМЕКШИ

Қарақалпақша

ат. Жәрдемин, қолғабысын тийгизиўши, көмеклесиўши, қосшы, жәрдемши. Кек алыўға атланайын, бол таяр, Бул талапқа көмекши бол, Ақ боз ат! (ққ.х.қ.). Айгүлдиң өзи болса жумысқа тек көмекши ретинде ғана баратуғын еди (Т.Қайыпбергенов). 0 Көмекши сөзлер — лингв. термин. Өз алдына жеке қоллаңылмайтуғын, мәни аңлатпайтуғын сөзлер топары.