КӨМЕКЕЙ
Қарақалпақша
ат. 1. Аўыз қуўыслығы менен өңештиң еки аралығы.
Өкпеси исип, көмекейи кеўип, бүлинип-бүлип қалды (Ж.Аймурзаев).
2. Адамдардың басқаларға белгисиз сыры, кеўлиндеги ишки ойы, тилиниң астындағы гәпи, пикири.
Сәўле көмекейиндеги көп сөзди иркип қалды да: — Соң таный берерсең, апа, жүриң, — деди (С.Хожаниязов).