КӨЛЕМ
Қарақалпақша
ат. Белгили бир заттың, нәрсениң мөлшери, муғдары, шамасы, қарамы.
Жыл сайын жер көлемин көбейтиўге умтыламыз (Ж.Аймурзаев).
Ҳүржан ... онлаған дана ҳәр қыйлы көлемдеги сүўретлерди алып шығып, ҳәммесин де капитанға узатты (А.Бекимбетов).