⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӘСА

Қарақалпақша

ат. 1. Чай ишиўге ямаса аўқатланыўға арналған фарфордан ямаса (қумбызда писирген кесе, чай кесе) бурынлары саз ылайдан қумбызда писирилип, ылайдан иеленген ыдыс. Бир қолына гүл, бир қолыңа тут кәса, Ярың менен сүр, сөйтип заўқы-сапа (И.Юсупов). 2. Фарфордан исленип, суйық аўқат ишиўге арналып иеленген үлкен кесе, лаўабы кесе, бул да бурынлары саз ылайдан қумбызда писирилетуғын болған. 0 Зерли кесе — бул фарфордан иеленген кесениң сыртына зер жалатқан болады. Машина жүйткийди таў кийигиндей, Қандай сулыў едиң, Абхаз жери, Зерли кәсадағы шараптай көлиң (И.Юсупов). Чай кесе — чай ишиўге арналған кишкене кесе. Лаўабы кесе — аўқат ишиўге арналған үлкен кесе.