КӘРУАН
Қарақалпақша
ат. 1. Шөлде, қула дүзде саўда-сатық, зат алмаслаў мақсети менен, сондай-ақ, жүк ҳәм адамларды тасыйтуғын көликлердиң (түйелердиң, атлардың, ешеклердиң, жүк машиналарының) узақ сапарға жол алған топары.
... шопан терисин қолына услап, қойын бағып турса, жолдан өтип баратырған кәрўанды көреди (ққ.х.е.).
Қарақумның ишинде кәрўан тартқан кәрўаншылардың түйелери де ыссы менен ырсылдап жүрип киятыр (Ж.Аймурзаев).
2. Кәрўанлардың сап турып, бириниң изинен бири қатарласып жүриўи.
Аспанында кептер канат қағады, қағады, Жолларында халық кәрўаны ағады, ағады (И.Юсупов).
3. Жүк тийелген транспорттың сап тартып жүриўи.... қай бир арбалар шыйқылдасып жолға дизилип кәрўан болып жол тартты (Қ.Айымбетов).
Сүт тасыған машиналар барады.
Салтанаты кәрўан менен барабар (Т.Сейтжанов).
4. аўыс. Қуслардың ямаса басқа да ҳайўанатлардың бир жақтан екинши бир жаққа аўыса қатар-қатар болып жүриўи, сапар шегиўи, жүриўи, ушыўы, дизбеклесиўи.
Байлар балықларды,... кәрўан-кәрўан етип қыр менен қысы-жазы Оренбургқа үзликсиз жиберип турды (Қ.Ирманов).
Жыл қусларының арқаға кәрўан тартқанына көп ўақытлар болған жоқ (Ш.Сейтов).
Көк жүзине кәрўан дүзип тырналар ушты (Ж.Аймурзаев).
0 Уллы кәрўан — алдағы, қатардағы, сайланды адамлар.
Сап тартқан уллы кәрўанлар, Танылды дүньяға ис пенен (Т.Сейтжанов).
Қызыл кәрўан — а) бир топар сайланды адамлардың топарлары, шөлкемлери.
б) пахта, салы, бийдай, овощ ҳәм тағы басқалардың биринши өнимин салтанатлы түрде қабыллаў пунктлерине жибериў.
«Ақ алтынға» малынып, Қызыл кәрўан киятыр (К.Султанов).
Кәрўан көшиў — кәрўанның бир жерден екинши жерге көтерилип кетиўи.
Ийт үрер, кәрўан көшер, Үре-үре үни өшер (Қ.Ирманов).
Кәрўан жол — кәрўанлардың жүретуғын жолы.
Бул кәрўан жол (Т.Қайыпбергенов).
Кәрўан басы — кәрўанларды басқарыўшы.
Бекманның табаны қалаға тийиўден, асьпып-ентигип, кәрўан басыға келди (Б.Бекниязова).