⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӘПИР

Қарақалпақша

ат. дин. 1. Мусылманлардың түсиниги бойынша ислам дининен басқа диндегилер. Кәпирдиң қылған исине, Қынаптан қылыш алады («Ер Зийўар»). Иштен шалып кәпир дәў, Белли ғайрат қылады («Қоблан»). Жибермейди ол кәпир, Әрман менен өлтирди («Қырқ қыз»). 2. аўыс. Диннен бас тартқан, диннен қол үзген, диннен безген, жалған, надурыс, қәте, натуўры, опасыз, ўәдесин бузған. Сениң көзиң қанталап кетти, қәдимги кәпир қылығың,... (Қ.Ирманов). — Әй кәпир, неге жалған сөйлейсең? (К.Султанов).