КӘНТ
Қарақалпақша
қ. кент.
Қала, қорған.
Өткен Арасту, Афлатун, Жаратыш илимниң кәнтин, Шешиў ушын пикири бәнтин, Мен мағрифат излер едим (Бердақ).
КӘНТЛИ қ. кентли.
Саҳра халқы көшип гезбек, Кәнтли жерден ўатан дүзбек, Қалпақтың уғлыдур өзбек (Бердақ).
КӘНШИ ат. Кән байлықларын излеўши ҳәм оны изертлеўши маман.
Бола алмасаң ҳасыл сөздиң кәншиси, «Бийкар бул мәжилиске кирмегил» дерсең (И.Юсупов).
Сондықтан, елимиздиң ҳәмме жери де, Урал, Чкатура кәншилери де, Қара алтыншылар, Донбасс, Кузбасстан (И.Юсупов).