⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӘМБИЛ

Қарақалпақша

кел. 1. Ғамхор, қәўенлер. Кәмбил пирдиң ерлери, Қоблан атлы батырға, Ғайратланып көринди («Қоблан»). 2. Жетик, шыныққан, шынт, сыналған. Иске кәмбил киристик (Ж.Аймурзаев). 0 Кәмбил пирге сыйыныў — ғамхор етиўши адамға сыйыныў, табыныў, арқа сүйеў, исениў. Ат шомылып терлерге, Сыйынып кәмбил пирлерге («Мәспатша»). Соның себебинен баспаның (редакцияның) барлық жумысына кәмбил болып жетистим (Г.Есемуратова). Ийманы кәмбил болыў — анық исениў. Ал, о дүньяда аты қарақалпақ әўладынын жаны жәннетте болатуғынына ийманым кәмбил, нендей дуўа болса, қарақалпақ әўладынын жолына қалыс оқыйман деп жубатты.