КӘМАЛ
Қарақалпақша
ат. 1. Ержеткенлик, жетискенлик, толысқанлық.
Балалары ержетин кәмалға келипти (ққ.х.е.).
Мың дүркин қыз-жигит кәмалға келген елат (К.Султанов).
Көрсет айдай жамалыңды, Қун келискен кәмалыңды («Мәспатша»).
2. Меншикли ат, исим.
Бәрибир Оразбайдың, Манаўбайдың, Кәмалдың, Өтештиң туўысқан иниси Төрештин қақыларын молла Изимбет бермеди (К.Султанов).
0 Кәмалға келтириў, кәмалға жеткериў — асыраў, сақлаў, ержеттириў, тәрбиялаў, өсириў, қайырқомлық етиў.
Тәбият сулыўлығы жеткен кәмалға, Ҳәм ол мийрас болған жаңа адамға (И.Юсупов).
Кәмал табыў — бахыт табыў, жақсы нийетке жетиў, бахытлы болыў.
Тыныш өмир вахтасында, Иелер олар жан аямай, Ҳәр күни кәмал тапты усында, Қәддин тиклеп бир жаңа жай (И.Юсупов).
— Кәмал тан, бул айтқан сөзиң жүзикке қас қондырғандай болды (Ж.Аймурзаев).
Кәмал тап! — Саў болың! Деген хошамет, Ҳаўазға қосылып, тынбай жаңлады (Ж.Аймурзаев).