⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӘБАП

Қарақалпақша

ат. 1. Гөшти майдалап темир иске дизип, қоздың үстине писирилген аўқат, тағам, шашлык. Атына такқаның тиллә сәдепти, Хызметиңе тәнде жаным кәбапты (Н.Дәўқараев). Балық куўыртып жеди, сырттан кәбап алдырды, бирақ бәрин де Ақшагүл бадастүрлеп, алдына қойып жүрди (М.Нызанов). 2. Шоктың ҳәўирине писирилген гөш. Тас тандырға жети қойдың гөшин кәбап писирип, ешегине артып зинданға келип, атып турды («Алпамыс»). Кийиктиң етин паршалап, Жақсылап кәбап етеди («Қырқ қыз»). Жолда атып алған кийигин кәбап ислеп жеп отырғанда, баяғы еки қыз тағы келип үйдиң бир қапталында отырады (ққ.х.е.). 3. аўыс. Адамның ишки дүньясы, қайғы-уўайымлары, жәбир-жапалары. Ат мойнына тақтым тилләдан сәдеп, Баршын ушын жүрек-баўырым кәбап («Алпамыс»). Атқа тақты сәдепти, Жүрек-баўырым кәбапты («Мәспатша»). Сениң ушын тәнде жаным кәбапты, Асықпайын көп етейин таўапты («Қырқ қыз»). 0 Кәбап болыў — қайғы шегиў, жанып күйиў, уўайым шегиў, капа болыў, кайғыға ушыраў. Күйип баўырым кәбап болды, Тәғдир солай жазған екен (Бердақ). Тандыр кәбап — тандырға жаўып писирилген гөш.