КӘБА
Қарақалпақша
ат. дин. Динге сыйыныўшылардың барып зыярат ететуғын Мәкке қаласындағы зыяратханасы.
Мәкке-Мәдийна жери қала, Меҳрибаным жан Кәбам, Ғәрип анам аман ба? («Алпамыс»).
Бир адамның бузған шырағым, Мың кәбаны бузған киби болады.
Гә қонғыл, гә қонбағыл өзин бил деп жылады («Қоблан»).
Нуратдийин Кәбаға кетти, Баратырып урлық етти (Әтеш).
0 2. аўыс. Кәбам — ата-анам мәнисинде.
Әўел бастан Алла бизге айралықты язған екен.
Йығларман анам кәбам деп, меҳрибан пушты панам деп, сен йығларсаң жан балам деп, ... (Бердақ).
... анамсаң, Кәбамсаң өзин өсирген, көп азапты шул басыңнан кеширген ... (Әжинияз).
Жалғыз Кәбам бола алмай, Жуўырысып жүр ҳәммеси (Г.Дәўлетова).