КҮШЛИРЕК
Қарақалпақша
кел. 1. Мықтырақ, қарыўлырақ, қуўатлырақ.
Барған сайын болды душпаны мықлы, Бирисинен бири күшлирек шықты (И.Юсупов).
2. Шеберирек, қаттырақ.
Шайырдағы шеберликти, поэзиясындағы көркемликти автор күшлирек баяндаған (Ө.Әлеўов).
3. Өткирирек, басымырақ.
Кейин атам мен алып келген қуўаты күшлирек винолардан ишип бир қумардан шығар, есесине «аўырып қалмасам, ендиги жылы сизиң жақларға барып қайтаман» — деп мени хошаметлер еди (М.Нызанов).