КҮШЛЕНДИРИЎ
Қарақалпақша
ф. Күшке миндириў, жигерлендириў, ҳәрекетке келтириў.
Ҳәкимбек Ахметтиң ашыўына тийетуғын сөзлерди айтып Ғуламжанға қарай күшлендирип жиберди (Р.Файзий).КҮШЛЕНИЎ ф. Күшке миниў, ашыўға миниў, жиғерлениў, ғайратланыў.
Дәрриў жайды сыбаў керек деген ойды ортаға таслады ҳәм оны тез ислеўди, тез күнде басланыўын талап қылып ғарры күшленип кетти (Ә.Атажанов).
Толқын күшленип пароходқа урғанда, Батырмақ па, ол әлле не қылады? (И.Фазылов).