КҮШЛЕЎ
Қарақалпақша
ф. Зорлаў, кыйнаў, мәжбүрлеў, еркине қаратпаў, күш пенен көндириў.
... бул жәнжелди зорға дегенде күшлеп тоқтатты (Ә.Шамуратов).
Екэўиниң арасындағы тартысты күшлеў менен зорға бастырды, ... (Б.Бекниязова).
Турымбеттиң тайын болған бийдай қырманына Жумаш келип, бийдайдың ҳәммесин күшлеп алмақшы болды (Н.Дәўкараев).