⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КҮШЕЙИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Раўажланыў, зорайыў, пәтлениў, жетисиў, асқыныў. ...теңиздиң толқыны да күшейип кетти (К.Султанов). ...аўыл арасындағы шаўқым да күшейди (Б.Бекниязова). 2. Раўажланыў, жетисиў, толысыў. Хожалық күшейсе билим гүлленер (ққ.х.н.м.). 3. Артыў, беккемлениў. Маманның даналығына исенимим және де күшейди (Т.Қайыпбергенов). Бирақ, бурынғысынан қаталланды, аўылма-аўыл ат қойып, қырағылықты күшейтти (Т.Қайыпбергенов).