1. Денеде болатуғын физикалық қуўат, қарыў, ғайрат, шама, ҳал-дәрман.
Ҳәмменин күши жыйналса көп жумыс исленеди (Т.Қайыпбергенов).
2. Аўырлық, салмақ.
Мен күни менен тигиме тураман деп аяғыма күш түсти (Қ.Айымбетов).
3. Энергияның қуўаты.
4. Бир заттың ямаса бир нәрсениң басқаларға тийгизетуғын физикалық тәсири.
Деген менен, ақшамғы дүбелейдиң күши менен шифрлар қыйраған (А.Реймов).
5. Әскер, армия, солдат.
6. Зор, мықты, қарыўлы.
Хан менен Гүлпаршын себепли ерегисип, жалғыз өзи ханның әскерлерине қарсы саўаш қурады.
Уллы күш жумсайды («Әмиўдәрья» ж.).
7. Қайтпаслық, қайсарлық, зорлық.
Баспашылардың нешесин қылыш пенен шаўып, айырымлары оққа ушып, гезенделердиң ҳәммесин қыйратып әскерлер үлкен күш көрсетти (К.Мәмбетов).
8. юр.
Заң, нызам, қарар ҳәм тағы басқалардың қолланылыўы, жәрияланыўы.
9. Мүмкиншилик, имканият.
Нөкерликке басын тиккен жигитлердиң күши менен Қуўандәрьянын бойына егилген егинлердиң де зүрәәти мол болып, журттың қолы узарыўға қарады (Т.Қайыпбергенов).
10. Белиниң күши — ғайрат, дәрман, ҳал, күшли.
Бир-бирине қуўат болып, беллерине күш толып (Р.Хожамбергенов).
Ақ найзаның ушы менен, ақ билектиң күши менен — зорлық пенен, күш пенен.
Ақ найзаның ушы менен, Ақ билектиң күши менен, Ақшахандай ханыңның, Тахтын зиндан қыларман («Қоблан»).
Бойда күш тасыў — жигерлениў, ғайратланыў, көшланыў.
Сизди көрсем, бир күш тасып бойымда, жаслық селлерине сайдай толаман (И.Юсупов).
Жәрдемши күшлер — қосымша жәрдем, адамлар.
Көбинесе, қаҳарманға жәрдемши күшлер сыпатында қуслар, (қарақус, суймурық), перилер, дәўлер болып тәрийипленеди (ққ.фоль.).
Ғайры күш — денедеги күштен тыс күш, ғайрат, кәраматлы күш.
Бир ғайры күш буны зорлап жүргенин, ... (И.Юсупов).
Илимниң күши — илимниң күдирети, илимниң нәтийжеси.
Сол илимниң күши менен, Жанай менен Абақандай, Сумлардың тилин байлады («Ер Зийўар»).
Күш алыў — 1. Жәрдем алыў, көмек алыў.
Гүлайым менен гәплесип, Қап таўындай күш алды («Қырқ қыз»).
2. Бир нәрседен көшланыў, рәҳәтлениў.
Күн-түн жуўырады малдан күш алып, Баллары оқыўдан «еки», «үш» алып, ... (И.Юсупов).
Күш бириктириў — бирлесиў, жәмлесиў, уйымласыў.
Ҳәмме күш бириктирип буны да тез питкерди (Қ.Айымбетов).
Екеўи бирге өсип, бир-бирине меҳрибан болар, ер жигит болған ўақытта күш бириктирип жаўға бирге атланар, екеўи бирге журт алар, өгейлик араға келиспес («Ер Зийўар»).
Күш бирлик — бириктириў, қосыў.
... бул казыўды тез питкериў ушын алды менен күш бирлик керек (ққ.ксм.атл.).
Күш бермеў — тоқтамаў, иркилмеў, гидирмеў, бойсынбаў.
...дәрьяның жыққыны бизлерге күш бермеди (Б.Бекниязова).
Базда өз үйириңниң ийсин сезип, Күш бермей, бизди алып қашар едиң,... (И.Юсупов).
Күш болыў — қыйын болыў, аўырға түсиў, қыйыншылыққа түсиў.
Бир шөгирмели жигит Мураттың жуп жағасынан тутып, оннан айырыў бизлер ушын күш болды (К.Мәмбетов).
Күш-жигер — ғайрат, күш.
Биз жасаўға деген күш-жигеримизди де усы елдиң тынышлығы арқасында руўхлана отырып аламыз («Қаракалпақ университети» г.).
Күш жегиў — күшти жумсаў, қосыў.
Мен әрмансыз жасайман.
Тер төгемен, күш жегемен, Шелди гүлзар, етемен (Б.Қайыпназаров).
Күш жыйнаў — 1. Жәмленип, топланып ҳәрекет етиў, таярланыў, таярлық көриў, жәмлеў.
Дәўперилер күш жыйнаса белине («Ер Зийўар»).
2. Күшейиў, ғайратланыў, куўатланыў, ҳәллениў.
Күшин жыйнап Ер Зийўар, «Белбуўарын усы» деп, Алмас қылыш салады («Ер Зийўар»), Күш кәрамат — денеден тыс күш, әжайып күш, күдирет.
... ол жигиттиң күши кәрамат екен (ққ.х.е.).
Күш көрсетиў — зорлық етиў, айбат етиў, күшлилик қылыў.
Аўыл аўлақ, жигитлер жүр урыста, Ақсақал күш көрсетиўге ғамланды (И.Юсупов).
Күш қайнаў — күши, ғайраты тасыў, мықты болыў, толысыў, күшке толыў, жигерлениў.
... ержетип, белинде күш қайнап турған ўақты ғой (ққ.х.е.).
Күш көлик — жумыстың орынланыўында зәрүр көлик, аўырлықты көтериўши нәрселер (үй ҳайўанлары, транспорт т.б.).
... күш көликлерге өз ўақтында тайын болды (ққ.кем.атл.).
Күш-көмек — жәрдем, көмек.
... бул да күш-көмек болды (Қ.Айымбетов).
Күш қайтыў — димардың кетиўи, әззилей баслаў, қартайыў.
Жас минер, күш қайтар, толысар ақыл, Атызлар жалаңаш, жыйналар дақыл (И.Юсупов).
Күш-қарыў — ҳал, дәрман, жағдай.
... енди күш-қарыў да кетти, ... (Ө.Айжанов).
Күш қосыў — жәрдемлесиў, көмеклесиў, демеў, биригиў.
Адамлар да мениң пикиримди дурыс деп таўып, жора-жолдасларымыз бенен күш қоссақ, ҳәммеси де туўры жолға түсип кетеди, — деп жолға шығарып салды (Ш.Айтматов).
Күш мал — жумыс ислеўде керек затлар, күш-көлик, жаныўар (өгиз, ат, ешек ҳәм т.б.).... қолында күш малың болмаса дийқаншылық етиў де қыйын (ққ.х.е.).
Күш түсиў — аўырманлық түсиў, салмақ түсиў, қыйналыў, жәбирлениў.
Хошласыўдың жанына қаншелли күш түсип, аўыр тийип турғанын Дүйшен билдирмеўге тырысып тур (Ш.Айтматов).
Күш салыў — қарыў етиў, жәрдемлесиў, ғайрат етиў, көмеклесиў, ғайрат салыў.
Ис пәтин босатпай күш салып тағы, Гүрес жүргиземен, тынбайман бүгин (Б.Қайыпназаров).
Күш сынасыў — а) беллесиў, айқасыў, шайқасыў, сынасыў.
... булар бир-бири менен күш сынасты, айқасты (ққ.х.е.).
б) айтысыў, шайқасыў.
... олар да айтысты, күш сынасты, бир-биринен қалыспады (Қ.Айымбетов).
Күш-уқып — тәсил, ҳийле, уқыплылық, истиң көзин таныў, жолын билиў.
...бундай жумысқа күш-уқып та керек (Ө.Айжанов).
Күшине толысыў — ержетиў, бой жетиў, кәмалына келиў.
... Әне, бул да тап күшине толысты (ққ.х.е.).
Гүркиреген шердей болып, Күшке толысқан күнлерим .. (Бердақ).
Күшке миниў — ашыўланыў, ғәзеплениў, ғайратланыў, қәҳәрлениў.
Ал, қасындағы еки адам қызыл жағалы шинель, милиция фуражкасын кийип алып, енди олар күшке минди,... (Ш.Айтматов).
Күшке салыў — зорлық етиў, көкирекке урыў, мықтылық көрсетиў.
Ғарры ашыў ҳәм қәҳәр менен күшке салып силкип таслады ... (Ә.Атажанов).
Күши жетпеў — а) ҳалы болмаў, ҳал-дәрманы қурыў.
... жумысты питкериўге күши жетпеди (Қ.Айымбетов).
Атты иркиўге күши жетпей, Албырақлап жаман састы (Бердақ).
б) питкере алмаў, орынлай алмаў, болдыра алмаў.
— Билмесең буны шөлкемлестирген де Жолдас еди.
Ол бир өзиниң күши жетпеслигин билип, бул иске ақсақалды араластырды (М.Нызанов).
Күши тасыў — жигерлениў, ғайратланыў.
Күши тасып өрледи, Қырық қызынан уялып, ... («Қырқ қыз»), Күшин билиў — шамасын көриў, ғайратын сынаў.
Усы жумыс үстинде оның күшин билип алды, ... (Қ.Айымбетов).
Қара күш — денедеги ғайрат, қуўат, күш-куўат.
Қара күшлер жетпегенде бурын, дийқанды суўдан айырар еди! (Г.Есемуратов).
Қара күшке салыў — организмдеги күш-қуўатты толық иске салыў, зорлаў, жәбирлеў, ғайратланыў, ғайратқа салыў.
Мен қара күшке салып жулқынып, артыма бурылдым (Ш.Айтматов).
Жолбарыс қара күшке салып, бирден алға умтылады (Ә.Шамуратов).
Қарсы күш — қарсыласатуғын, қарсы адам.
Ол усының менен жаслар арасында өзине қарсы күш пайда болатуғынына кеўил аўдармаған еди (Т.Қайыпбергенов).
— Абылқайырға қарсы күш таярлаў менен бирге, Ғайып ханның маған сыбырлап айтқанын да есте тутыўымыз керек (Т.Қайыпбергенов).
Қураллы күшлер — армия, әскерлик.... Қураллы күшлеринде хызмет етиўдиң жуўапкерли ўазыйпа екенлиги қаққында айтып өтти ҳәм жыйналғанларды байрам менен қутлыклады («Қарақалпақ университети» г.).
Қүдиретли күш — айрықша, артықша күш, жигер, көш.
Ол ийе пәкликке, күдиретли күшке, Қуралсыз дүньяға хүким етеди (И.Юсупов).
Алып өткен жеңислерден, Қүдиретли күш туўысқанлық (И.Юсупов).
Қолдың күши — адам, адам күши.
Шайқымызға «биз азбыз, аз даўыстың үни пәс, аз қолдың күши кем, егер көп болғанымызда бул дүньяның басқа салған зүлметин қайтарар едим» деген (Т.Қайыпбергенов).
Қосымша күш — жәрдем, көмек, басқалардың жәрдеми.
Қосымша күш сорап тағы, Шапқыншылар келди шаўып (И.Юсупов).
Наманың күши — музыканың, наманың қүдирети, тәсири, күши.
Жаңа дәўир, жаңа наманың күши, Лапыз берген түркмен айдымларына (И.Юсупов).
Нардай күшке толыў — нардың күшиндей, күшли болыў, түйениң күшине мегзес күшли қарыўлы болыў.
Нардай күшке толған он бес жасыңда, ... («Ер Зийўар»), Бир жарым жыл болыпты, Нардай күшке толғалы,... («Қоблан»).
Оқыўдың күши — билим, тәлим алыўдың, нәтийжеси.
Душпанларды кыйратып, Дәўран сүрип нешше жыл, Оқыўдың күшин Ер Зийўар, Сол заманда сынады («Ер Зийўар»).
Уллы күш — жәрдемши, мәдеткәр, қәўенлер.
Сол өзге түслилердиң бәри де биздей уллы күш аңсап келип атырса керек (Т.Қайыпбергенов).