КҮТИМ
Қарақалпақша
ат. Адам яки жанлы-жаныўар, өсимлик ҳәм тағы басқалардың жақсы өсип-өниўи, дурыс сакланыўы ушын туракды ямаса ўақытша исленетуғын бап ҳәм де кеўилдегидей айрықша иеленген жағдай, тәрбия.
Ҳаялдың күтимине үйренип қалған еркек, бесикке бөленетуғын баладай болады екен (М.Нызанов).
Сыйырлардың сүтли болыўы ең алды менен олардың күтимине, оннан кейин саўыншының укыплылығына байланыслы (Ж.Сейтжанов).
Күтимин бермесең дақыл дәндемес, Өзиңнен де бардур, олардан емес (И.Юсупов).