КҮНЛЕП
Қарақалпақша
р. 1. Бир ямаса бир неше күн бойына.
Базы аўылларда, қалаларда, пышық мурны батпас жасыл тоғайларда базда мезғиллеп, базда еки-үш күнлеп дем алыўға туўра келеди, дем алыстан соң және жол басланады... (Т.Қайыпбергенов).
2. Қызғаныш, болғанын, барын көре алмаў.
Ет байлаған сайын ығбал мәртебең, Күнлеп иштен күйип азары болар (И.Юсупов).
Сәл жақғырақ жанса ығбал жулдызың, Күнлеп ҳәм қызғанып азаплар өзин (И.Юсупов).