КҮНИ ТОЛЫЎ
Қарақалпақша
1. Белгили ўақыты, мезгили болыў.
Бизлердиң қайтыўымыз керек, экскурсиямыздың күни толды, буннан артық жүриўге болмайды, — деди муғаллим оқыўшыларға («Жеткиншек» г.).
2. Тўатуғын күниниң жақынласыўы, босаныўға шамаласыўы, ўақыты болыўы.
Ләйләтул ақшам толғатты, Айы, күни толған екен (Бердақ).