КҮЛДИРГИШ
Қарақалпақша
ат. 1. Күлкили әңгиме айтқыш.
2. Лаққы, қуў, қуўқыл.
Келген жигиттиң кеўилли, күлдиргиш, қуўақы екенин хан сезип жанына отырғызды (ққ.х.е.).
3. Адам күлгенинде еки жүзинде ойылып көринетуғын белги.
Жанға дәрт салады сыңқ-сыңқ күлгениң, Сонда бетиңдеги күлдиргишиңнен, Көринер адамға бир гөззал әлем (И.Юсупов).