КҮЛДИРГИ
Қарақалпақша
сөз кел. 1. Қызықлы, күлкили.
Дәўекениң аўылының адамлары усы болған ўақыяны күлдирги сөз ретинде маған сөйлеп берген еди (Қ.Айымбетов).
Жыраўдың қуйқылжытып айтқан күлдирги сөзлерине жигитлер күлисип, бағанағы ашыў умыт болып баратыр еди (Қ.Султанов).
2. Күлдирги сөзли — қуўақы, қуўқыл, ҳәзилкеш.
Ол жүдә күлдирги сөзли жигит (А.Әлиев).