КҮКИРТ II
Қарақалпақша
ат. 1. От жағыў ушын бир басына жаныўшы зат жағылған шөп, күкирт шөп, шырпы.
Соң газдиң қасынан күкиртти алып, торт үстине қадалған рәңбәрең шамларды тутандыра басладым (М.Нызанов).
2. Күкирт шөплерин салып қоятуғын, еки қапталына жандырыўшы зат жағылған қутыша.
Папирос шегетуғын ҳәр бир адамның қалтасында күкирт жүриўи лазым (Қ.Аралбаев).