КҮЙЕЛИ
Қарақалпақша
кел. 1. Күйе болған, күйеленген, күйе басқан, күйе жағылған, күйе түскен.
Күйели қолына рәпийданы кийди де хаял тандырды айланып, көсэў менен отты қозғады (Қ.Айымбетов).
2. аўыс. Айыплы, уятлы, гүналы.
Күйели бетим менен журтқа көриниўим жүдә аўырға соқты деген ой қашқынның денесинен шықпады (К.Султанов).