КҮЙЕЎЛЕЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Үйленген жигиттиң үйленгеннен кейин сол ҳаялының ата-анасының үйине, яғный төркинине ҳаялы менен бирге ямаса өзи қыдырып келиўи.
... күйеўлеп келгендей ҳеш кимнен айбынайын демейсең (К.Султанов).
2. Айттырып қойылған, белгиленип қойылған, алыўға келисим жасалған қыздың изинен жигиттиң келип турыўы, хабар алып турыўы.
Түрин көрип бир жыл бурын күтиндим.
Тул отаўда сен күйеўлеп жатқанда («Мәспатша»).
Күйеўлеп барарсаң мал бергениңе, Қайнаған қарыўға жигирма бесте (Күнхожа).