⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КҮЙДИРИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Жандырыў, өртеў, жағыў, тутандырыў, алыстырыў. Сени патша отқа күйдирип өлтирмекши, сен оннан қорықпа (ққ.х.е.). 2. Қыздырыў, ысытыў, лаплатыў, лаплаў. Қол урғанды күйдирген, Жалындай болып келиңлер (Р.Хожамбергенов). Әлле қәйтеди деп уўайым жеп зорыққан баланың аўызынан шыққан ыссы леп, оның бетин күйдирип баратыр (Ө.Айжанов). 3. аўыс. Қызғаныў, ишин күйдириў, ыза қылыў. Хақымды бермедиң, күйдирдиң Ораз, Түўесилмес бар ма мениң гүнайым (Омар). 4. аўыс. Азаплаў, қыйнаў. Биреўди улына, биреўди ярына аҳыў-зар етип, жүреклерин күйдирген сен, урыс! (Ө.Хожаниязов).