⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КУРС I

Қарақалпақша

ат. 1. Белгили бир маманлыққа таярлаў ушын шөлкемлестирилген қысқа мүддетли оқыў түри. Он алты жасымда үш айлық курсты питкердим де, рульге отырдым (М.Нызанов). Зийбагүлди үш айлық курсқа шақырып еди (Ө.Айжанов). 2. Жоқары ҳәм арнаўлы орта оқыў орынларының хәр бир жылы, бир жыллық басқышы. Ол биринши курс ушын соңғы экзамен тапсырып шығады (Т.Кайыпбергенов). 3. Емлеў жүргизиўдин толық мөлшери, бир ўақытта емлениў дәўири. 4. Оқыў орынларында қандай да бир илим ямаса оның айырым бөлегин белгили көлемдеги системалы баянлама, яғни усындай баянламадан ибарат болған сабақлық. «Ҳәзирги қарақалпақ тили» курсы.