КРЕСТ
Қарақалпақша
ат. 1. Бир-бирин кесип өткен еки нәрсе, атанақ.
Бизлер крест қойылған қапыға келип, кейин қайттық.
2. Христиан дининде табыну, шоқыну символы хәм сол заты (предмет).
3. Усы формадағы орден.
Бурын Россияда батырлық, мәртлик ушын Георгий крести берилетуғын болған.
Мырза пристав Георгий крестин қайсыдур саўашта көрсеткен ерлиги ушын алған (К.Кәримов).
Көкирегиндеги Георгий крести кителиниң жез сәдептерине соқтығысып жыңғырлады (К.Кәримов).