⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КРЕМ

Қарақалпақша

ат. 1. Қаймақтан, қанттан, мейиз ширесинен, майдан хәм тағы басқалардан араластырылып иеленген мазалы тағамның түри, қаймаққа уқсас. Ортада болса үлкенирек тарелканың қарамындай, реңди кремдер менен безендирилген дөңгелек торт (М.Нызанов). 2. Бетти, қолды жумсартатуғын, ағартатуғын ииисти май, бет майы. Тап сондай-ақ, хақықый хаял да қасына бояу, ернине помада, жүзине крем жақпастан-ақ көшеге шығыўы мүмкин («Саза» ж.). 3. Аяқ киимди майлайтуғын, тазалайтуғын әр түрли (қоңыр, қара хәм т.б.) реңди май. Туфлийим жылтырап-ақ тур еди, бул қурақым болған соң хаял гәп таўып жүрмесин деп кремди ағызып-ағызып жиберип майладым (М.Нызанов).