КОСТЮМ
Қарақалпақша
ат. Пиджак пенен шалбар ямаса жакет пенен юбкадан қуралған сырт кийим.
Тосыннан қалаға келип қалды, ондағы ойы — баласына костюм сатып алыў (Ө.Айжанов).
Сондықтан, ғей биреўлерин костюмының киселерине де тыққышладым (Ө.Хожаниязов).
...костюмының сәдеплерин жаздырып, басындағы тақыясын маңлайына басыңқырап қойды (А.Бекимбетов).