⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КОНЦЕРТ

Қарақалпақша

ат. 1. Музыкалық әсбаптарға арналып жазылатын ири шығарма, симфониялық оркестр сүйеў болатын жеке әсбапқа арналған ири шығарма. Сол бир күни шөлкемпир апасының жыл асын тарқатып болып, «радионы енди аша берейик» деп туңғыш концерт тыңдаған күни түнде кеширек жатып, азанда оянбай қалды (Т.Қайыпбергенов). 2. Алдыннан дүзилген бағдарлама тийкарында жеке адамның ямаса бир топ адамлардың музыкалық шығарманы көпшилик алдында орынлаўы, атқарыўы. Нөкистен концерт берип атыр еди, отырды да тыңдады Ержан (С.Хожаниязов).