КОМИССИЯ
Қарақалпақша
ат. 1. Қандай да болмасын арнаўлы мәселелерди шешиў, тексериў ушын белгили бир мәкеме ямаса шәлкем қарамағында бир неше кисиден қуралған ўақытша ямаса тураклы орган.
Экзамен комиссиясы.
Мандат комиссиясы.
Әдиўли апа! Балаңыз Батыр шақырык комиссиясының пүткил қараўынан жарамлы болып, атлы әскер қатарына саналды (Ә.
Шәмуратов).... еки тәрептиң иси комиссия арқалы тексерилип турыўы керек болды (Т.
Қайыпбергенов).
2. Белгили муғдарда ақша төлеў шәрти менен басқарылатуғын жумыс, ис.
Комиссион магазинниң сатыўшысы.