КНЯЗЬ
Қарақалпақша
ат. 1. Феодалдық Россиядағы әскербасы ҳәм областы бийлеўши ҳәким.
Князь ерлер қурады екен шатыр, Айтыўы ҳәр бири бир мыңға татыр («Мәспатша»).
2. Рус патшаларының улына, инисине берилетуғын атақ.
3. Әййемги руслардағы князьлардың үлкени.
4. Әўладтан-әўладқа көшетуғын ата-бабасынан мийрас болып қалған атақ ямаса патшалық дәўиринде награда сыпатында қарапайым адамларға да берилетуғын атақ.