КИШКИШЛЕЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир нәрсени алдына салып аўыздан сес шығарып айдаў, жүргизиў, куўалаў.
Қолым менен киш-кишлеп жүрип айдап шыққаным усы ғана (Н.Дәўкараев).
Қамшы басып киш-кишлеп, Тамашаға жабысып, Таллық деген дәрьяға, Жигитлер жетип барады (Бердақ).
2. аўыс. Түрткилеў, ийтермелеў.
Сен сөзге шеберсең дегенге мәс болып Бекбаўыл да бир айтқанын қайта-қайта айтып көпирип отырғанына, олар және киш-кишледи (Қ.Айымбетов).