КИСИЛИК
Қарақалпақша
ат. 1. Адамгершилик.
Ағасынан қалған еки бирдей жетимди тәрбиялап үйли-жайлы қылды.
Айжамалдың бул хызмети үлкен кисилик еди (Ө.Айжанов).
Ғайыптан келип бир баба (етиги бар ийнинде, кисилик жоқ пишинде: тислери кетик-кетик, аўыз-мурны жүн, қотыр), ... («Қурбанбек»).
2. Тәкәббирлик, менменлик, менсинбеўшилик.
Сонда да олардың балалығы ма, кисилик жарыстырғаны ма, әйтеўир сөзиниң аўыр-жеңилине сер салмай, өзиниң кеўлине келгенин ислегиси келеди (ққ.х.е.).