КИСИДЕЙ
Қарақалпақша
кел. Адамдай, адам сыяқды, адамға усаған.
Қолын жалап, бир нәрсе айтқысы келген кисидей тумсығын созады (Ө.Айжанов).
0 Кекли кисидей — ашыўы бардай адам.
Сәуле бойын тиклеп кекли кисидей көкирегин керип сөйледи (С.Хожаниязов).
Жин урған кисидей — жинли адамдай, жинли сыяқлы.
Бир мәхәлде молла өзинен-өзи жин урған кисидей бурынғысынан да бетер даўысын қаттырақ шығарды,... (Ә.Шамуратов).
Сезикли кисидей — гүналы адамдай.
Кроватьтың үстинде шалкасына жатырған Әмет сезикли кисидей ҳаўлығып кетти (Т.Қайыпбергенов).