КИРИС
Қарақалпақша
ат. 1. Пайда, түсим, олжа, байлық, табыс.
Хәў, бир күнлик кирис азғана болды ма? (Т.Қайыпбергенов).
Кирис кирмей, шығыс болмас.
2. Оқ жайдың сериппели жиби (гирис).
Киристен оғы кетеди, Батыр бетке жетеди, Залымның атқан оқлары, Саўытын сөтип өтеди («Жаскелен»).
... қорамсаққа қол салып, тынбай қарап отырып, гиристи оққа толтырып, отыр еди бир қарап, келе берди алдынан, ... Тақты жайға гиристи, алла оңғарғай бул исти, тар көшениң үстинде, тартты ... («Қоблан»).