⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КИРГИЗИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Суғыў, сиңириў, батырыў. 2. Пайда етиў, енгизиў, ендириў. Бизиң қолға киргизген табысымыз да, алда турған ўазыйпамыз да халқымыздың ийгилигине бағышланған, ... (Ж.Сейтназаров). Пулдың барлық купюраларын, номерлерин актке киргизди (А.Бекимбетов). 3. Алып келиў, бирге әкелиў. Боз ордаға киргизип, меҳман алып, мал сойып, алдыңа ғелле қойып, райдан қайттым («Мәспатша»). Жетелеп киргизип мектеп бағына, Жегиздиң турмыстан шийрин мийўени (И.Юсупов). 4. аўыс. Оқыўға киргизиў — қәнигелик алыў ушын оқыў орнына киргизиў. Хабарың бар, быйыл Гүлнараны оқыўға киргиздим ғой. (М.Нызанов).