⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КИР

Қарақалпақша

ат. 1. Патас, дақ, дағал, таза емес. Пайғамбар дийқанның бет-аўзына қараса күйедей қап-қара кир екен (ққ.х.е.). Бет-аўызы кир, шашы өскин, үрпек көзлери шүңирек, исик қабақ (Т.Қайыпбергенов). 2. Кирлеген, жуўылмаған кийим-кеншек. 3. Тәрези. Атты кирге саламан деп айтты дейди. 4. аўыс. Жаман ой, жаман қыял, жаман пикир, гүптикей. Жақсы менен дос болсаңыз, кеўлине кир салмайды («Ер Зийўар»). Сөйлескенде Курбан оның сөзинен, Ийнедей кир я жаманлық таппайды (И.Юсупов). Кир басыў — а) патас болыў, дағал болыў. Терин сығыш аўзына бир басады, Жас парлаған көзлерин кир басады (Т.Сейтжанов). б) кеўилге гүптикей келиў, қыял пайда болыў, ой туўыў, пикир болыў. Күн өткен сайын кеўлимди кир баса баслады (Ж.Аймурзаев). Кир жуғыў — кир басыў, дақ болыў, патас болыў, үйкелениў.