КИМ
Қарақалпақша
ал.
1. Адамға байланыслы қолланылатуғын сораў алмасығы.
— Айтпақшы, сизиң атыңыз ким еди? (Ө.Айжанов).
Ким пайдалы сөз айтса, Соны халық қолдайды (Б.Қайыпназаров).
— Қарақалпақ жигитлеринен кимлерди билесиз? (Ө.Хожаниязов).
2. Қатар келген бир неше гәплердиң басында келип, айырым, бири, базы бири, гейбир деген мәнини билдиреди.
Буннан кейин жолаўшылардың кими танысларының үйине, кими бет алдына дағыса баслады (Ө.Хожаниязов).
Совхоздың кең тутзарында, Балалар жүр қуўанып, Кими отап, кими қолға, Бел услап жүр суў алып (Т.Сейтжанов).
... кимиси жалаңаяқ, кимиси әкелериниң мәсигеўишлерин сылпылдалып кийип, үлкенлердиң, исин үйренгиси келгендей там басларына минип қарап турыпты (Т.Қайыпбергенов).
Кимисини лумнж п, кимисини шаншът, Көп ләшкерди басылдырған Әзберген (Бердақ).