⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КЕШИРИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Өпиў етиў. Қәте болса ғәҳәрленбей кешириң, Усы еди ойлай-ойлай жүргеним («Қырқ қыз»). Еткен жаҳийлығымды кешириң суўпы-ийшан деп райдан қайтып қушакдасып қол алысты («Мәспатша»). 2. Бастан өткериў, турмыс етиў, тиришилик етиў. Мен көп тәжирийбени басымнан кеширдим, усы жасыма келгенше отыз жыллап жумыс иследим,... (Қ.Айымбетов). Жас болса да кеширди ол, Аянышлы күнди не бир (И.Юсупов). Қалжаўрадық, жалаңаяқ қар басып, Өйтип-бүйтип күн кеширдик тармасып (С.Нурымбетов).