КЕТИК
Қарақалпақша
ат. 1. Бир нәрсениң шетиниң сыныўы, кемис болыўы, жырылыўы.
Кетик табаққа шалап қуйып әкелип берди (С.Айний).
2. Тистиң ушыўы, түсиўи, сыныўи.
Аўзы кемсийген тислери кетик, Гөнерген келбети, ақпушта етик («Қырқ қыз»).
Ақ Меңеш, ожал бойыңды аңлайсаң ба, Ақ сақал көзи қызыл, тиси кетик (Әжинияз).
0 Кетик топ — пушка, әскерий қурал-жарақтың бир түриниң атамасы.