КЕТИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир жерден екинши бир жерге жол алыў, қозғалыў, жөнеў.
Енди кемешилердиң тез кетиўге таярлық көрип атырғаны мәлим болды (Б.Бекниязова).
... қаланы таслап батыр түркменлер кетти (Қ.Ирманов).
2. аўыс. Өлиў, қайтыс болыў, дүньядан қайтыў.
Ол болса бурынғы өзиниң өкпе аўырыўынан кетти, — деди келиншек (Қ.Айымбетов).
0 Жадырай кетиў — кеўилли болыў, кеўиллениў.
— Қәйним! — ҳаял шырпыны қағып жиберди де, бурынғысындай болмай жадырай кетти (Т.Қайыпбергенов).
Ыдырап кетиў — бузылыў, ериў, ириў, ылжыраў.... муз ыдырап кетиўге қарады (А.Бегимов).
Қытықлап кетиў — жыбырлатыў, қыймылдатыў.
Дәрьяның еспе толқынларын қытықлап кеткендей болады (К.Султанов).
Ашыўы қайнап кетиў — қәҳәри келиў, қызыў, жығырданы қайнаў.
Ал, көкирегине дық түскен ананың жүреғинде душпанға қарсы ашыў қайнап кетти (Т.Қайыпбергенов).
Ҳаплығып кетиў — ҳаўлығыў, қоппығыў, исиниў.
Бирден оянып, жас бала нәрсе, мени көрерде қаплығып кетер (Т.Қайыпбергенов).
Тоңып кетиў — дирилдэў, зирилдеў, қалтыраў.
Ал, от жағыў жағына келсек, тоңып кеттик (Т.Қайыпбергенов).
Өз басына кетиў — өзинше ҳәрекет етиў, ылағыў.
Ол базда жақсы-жаманды онша аңдамай өз басына кетип қалады (Ж.Аймурзаев).
Күнниң түнерип кетиўи — бултласыў, думанласыў.
Түнерип кетти күн асты, Хдўаны кем-кем булт басты (Т.Жумамуратов).
Ҳаўаның бузылып кетиўи — бузылыў, өзгериў, айныў.
... қутының ишиндеги қалдық ет пенен балықтың ийисинен үйдиң ҳаўасы бузылып та кетти (Қ.Айымбетов).
Қашып кетиў — а) қыздың турмысқа шығыўы.
... қызы қашып кеткен (К.Султанов), б) жасырыныў, көринбеў.
Ең кейнинде қарызыңызды төлемей қашып кеттиң (Қ.Ирманов).
Алдан кетиў — пәнтлеў, баплаў.
... қызды алдап кетпекши болады (ққ.х.е.).
Зәрреси ушып кетиў — шоршыныў, қорқыў, жаны қалмаў, ҳаўлығыў.
Бизиң қәммемиздиң зәрремиз ушып кетти (Т.Қайыпбергенов).
Ойға жүзип кетиў — ойланыў, қыял қылыў, ойға шүмиў.
Сен неге сам-саз больш қалдың, қандай ойға жүзип кеттиң, — деди Сәўле қолын-қолынан жаздырмай турып (С.Хожаниязов).
Ықласы кетиў — қыялланыў, кумарланыў, зейинлениў.
Өйткени, гейде ықласым кететуғын еди (Ө.Айжанов).
Қызарып кетиў — қызыл түске ениў.
Уялғанынан жүзи шала пискен помидордай қызарып кетти (Ө.Хожанов).
Суўға шүмип кетиў — батыў, кириў.
Ҳәттеки, дегдиниң курғақ таяқдары да суўға шүмип кеткен (А.Бекимбетов).
Қулпырып кетиў — доланыў, түрлениў, гүллениў.
Қызлардың жүзлери бағдағы өсип турған гүллердей қулпырып кетти (Ө.Хожаниязов).
Адастырып кетиў — алжастырыў, ғабырыстырыў, шатастырыў.... Атажанның баласы Садулланы узақ жерде биле-гөре адастырып кетипти, ... (А.Бекимбетов).
Жантайласа кетиў — қапталласыў, қосарласыў, қарсыласыў.
Ол да өзиндей баладан тайсаласып қалсын ба, жантайласа кетти (Т.Қайыпбергенов).