КЕСПЕ
Қарақалпақша
ат. 1. Жуқа жайылған қамырдан жиңишке етип кесилген кесинди.
2. Аўқат болатуғын ҳәр қыйлы нәрселерди төрт мүйешли қыяқлы етип кесилген палаўқабақтың, асқабақтың, балықтың кесиндиси.
— Ҳеш нәрсе, қарағым, — деп қолындағы кеспени аўзына салып, тез-тез шайнаўға киристи (Н.Дәўкараев).
Үйге келсе суўық сорып қабағы, Кеспе де жоқ, шалмай қарма тамағы (К.Султанов).
Бекире кеспеси белиңе дәрман, Жегенниң кеўлинде қалмайды әрман (А.Бегимов).
0 Бел кеспе — балықтың кеспеси.
Бекире балық бел кеспе, Берсе жемес бул басым (ққ.х.н.м.).