⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КЕСИЎ

Қарақалпақша

ф. Бир затты өткир қурал менен қыйыў, тилиў, тужырыў, кырқыў. Душпанларды кескей полат темириң, Халық дейип шығып едиң хәмириң («Қырқ қыз»). Етпей әзелде буйрығын, Жаздырдыңыз ба жыйрығын, Ешектиң кесип қуйрығын, Ешек сүннет еткен хожам (Бердақ). 0 Из кесиў — жоқ қуўалаў, из қуўалаў, излеп табыў. Ҳәммеси де усы әтираптан гүманланып, өзлеринше из кести (Т.Қайыпбергенов). Кесип айтыў — тоқетерин айтыў, анығын айтыў, ашығын айтыў.