КЕСЕНТ
Қарақалпақша
ат. Тосқынлық, зыян, зәлел, иркиниш, гидирги, кесир, тосқын, бөгет, қарсы.
Оның бизлерге хеш қандай кесенти, бир түйир азары жоқ (А.Бекимбетов).
Менталитетиңиз де көп кесент береди сизлерге (М.Нызанов).
0 Кесент келтириў — тосқынлық етиў, зыян етиў, зыянын тийгизиў.
Көп байлар, молла-ийшанлар түрли жол хәм хийле менен ата-аналарға терис пикир таратып, оқыўға кесент те келтирди (А.Бекимбетов).