КЕРИЛИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бой жазыў, созылыў, денесиниң қурысларын жазыў.
Қуйрығын сабап таррашлап, Айға қарап керилди («Мәспатша»).
Изинен куўыш барады, Керилип найза салады («Қырқ қыз»).
2. аўыс. Гәрдийиў, назланыў, менменсиў, тәкаббирлениў.
... Сәлийма Жәмийланың сораўына керилип турып жуўап берди (К.Султанов).