КЕРЕК
Қарақалпақша
р. Зәрүр, қәжет, тийис, лазым, шәрт.
Аянбаў кереки Гежир болмаў кереки Мийнетти жастан сүйе билиў керек (Т.Қайыпбергенов).
Есапсыз жатқан олжадан, Керегин тартып аламыз («Қырқ қыз»).
0 Керек-жарақ — керекли затлар, буйымлар, ўәжлер.
Ўәдели күн өткенше, Керек-жарағын сайлап мен, Тиктирейин ақ отаўын («Мәспатша»).
Керек тастың аўырлығы жоқ — зыяны болмайды, көп болмайды, аўырлық етпейди.
Әжел жетсе дүзде калар жалғыз бас, Ҳеш ўакытта аўыр болмас керек тас («Қырқ қыз»).