КЕРЕГЕ
Қарақалпақша
ат. Тоғай талдан ҳәм жиңишке қара талдың қадасынан иеленген қара үйдиң қаптал бөлегиниң бир бөлеги, қабырғасы.
Керегеси кертпе алтын, уўығы бар сап гүмис, Шаңарағы дәнданнан, Ақ полаттан жаптырған («Қоблан»).
Ақ отаўлар тиктирген, Уўыкдары дәнданнан, Керегеси гүмистен, Шаңарағы сап алтын («Ер Зийўар»).